Өзимиз туўралы

Ҳүрметли оқыўшым!

 Мине биз бүгин сиз бенен  интернеттиң жаңа бир тармағында ушырасып отырмыз. Жаңа блогимизди ашыўдан мақсет досларымыз бенен кеўлимизде жүрген гәплер менен ортақласыў. Анығырағы, күнделик гәплерди хатқа  (эл.варианты нәзерде тутылмақта-автор)  түсириўден ибарат.

Жасыратуғыны жоқ, соңғы ўақытлары турмысымызда көп өзгерислер болып атыр. Жаңалықлар көп. Әсиресе, өзим ислеп атырған «Еркин Қарақалпақстан»  газетасында бир қанша өзгерис ҳәм есте қаларлық ўақыялар жүз берди. Газетамыздың юбилейин өткердик. Газетамыздың веб-сайты кирилде ашылатуғын болды. Адреси:(http://www.erkinkk.kr.uz) кирип көриўиңиз мүмкин. Алдағы ўақытлары Қарақалпақстандағы ең белгили сайтлардың бирине айланыўынан үмитимиз бар.

 Дурыс, бизиң UZ  доменинде де блогимиз бар. Адреси: (http://www.kkreporter.uz ). Оны биз келешекте ҒХҚ  (СМИ) на айландырыў нийетимиз бар. Ҳәзирше тест сынақларын өткермектемиз. Сол ушын бизге досларымызға күнделикли пикирлеримизди тез ҳәм ықшам етип жеткерип туратуғын орын керек болды. Бунда бизге усы  Блог.ру. дың жәрдеми тийип отыр. Бул жүдә блоггерлер ушын қолай орын екен. Мениң ойымша, алдағы ўақытлары қарақалпақстанлы жас журналистлерде бул қолайлылықлардан кеңнен пайдаланса керек. Ол ушын мен қолдан келгенинше оларға жәрдем бериўге таярман. Қызығыўшылар болса бизиң  электрон почтамызға (kkreporter@mail.ru ) хат жазып, биз бенен байланысыўына болады.

 Жақында белгили журналист Шарап Уснатдиновтың қарақалпақ тилинде «Журналистикаға кирисиў» атлы китабы баспадан шықты. Усы күнге шекем бизиң жас журналистлеримиздиң қолында бундай китап болмаған еди. Китап сондай бир түсиникли етип жазылған, оннан тармақ бойынша қәлеген адам өзине керекли сораўларға жуўап таба  алады. Бул ушын биз устазымызға шын жүректен миннетдаршылық билдиремиз.

 Алдағы ўақытлары биз, әлбетте, автордың рухсаты менен, усы китапқа тийкарланып веб-сайт, блоглар туўралы материаллар таярламақшымыз. Сондай-ақ, республикамыз баспасөзиндеги жаңалықлар туўралы өз пикирлеримиз, көзқарасларымыз бойыншада ортақласыў нийетимиз жоқ емес.

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы ири кәрханалар, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының веб-сайтлары туўралыда кеўлимизге түйгенлеримиз бар. Ал студентлер менен оқыўшылардың компьютер ҳәм интернет тармағынан пайдаланыўы бойынша алып барып атырған журналистлик изертлеўлеримизден кейинги ойларымыз бенен ортақласпақшы болып жүргенимизге көп болды.

 Газетада жәрияланған ҳәм жәрияланбай қалып атырған мақалаларымды да сизиң дыққатыңызға усыныў жобаластырып отырман. Жасыратуғыны жоқ, соңғы ўақытлары айырым себеплерге байланыслы жазған базы бир мақалаларым жарық көрмей қалып кетип атыр. Ол туўралы дослар менен ортақласыў, пикир алысыў өзим ушын зыян болмаса керек. Кимдур пикир айтар, кеңес берер…