Архив Октябрь 2009

Блоггерлерге

Бизиң блогимизге хош келипсиз! Интернет берген мүмикиншиликлерден кеңнен ҳәм өнимли пайдаланыў ушын ҳәр қашан излениўде болыўымызға туўра келеди. Мине биз өзимиздиң және бир блогимизди ашып отырмыз. Бул жерге тез-тез кирип турсаңыз бизиң күнделигимиз бенен танысып барасыз. Сондай-ақ бизиң интернеттеги http://www.kkreporter.uz деп аталатуғын персонал веб-сайтымызға кирип, бизиң мийнетлеримиз бенен танысыўыңызға болады. Болмаса http://kkreporter.livejournal.com деп аталатуғын Живай […]

Жасларымыз не ушын интернетте блоглер жаратыўға қызықпай атыр?

Интернет тармағына араласқанлы берли изленисте болып киятырман. Түрли сайтлар менен компаниялардың усыныс еткен мүмкиншиликлеринен пайдаланып блоглер аштым. Ондағы тийкарғы мақсет интернетте қарақалпақ тилиндеги мағлыўматларды көбейтиў. Өз ана тилимизди Интернет тармағында да раўажландырыў. Бизиң республикамызда бул тармаққа үлкен әҳмийет қаратылмақта. Мәмлекетлик программалар ислеп шығылған. Мектеплер, колледжлер ҳәм жоқары оқыў орынлары бүгинги күнге келип толық компьютерлестирилип болды. […]