Жасларымыз не ушын интернетте блоглер жаратыўға қызықпай атыр?

Автор проектаИнтернет тармағына араласқанлы берли изленисте болып киятырман. Түрли сайтлар менен компаниялардың усыныс еткен мүмкиншиликлеринен пайдаланып блоглер аштым. Ондағы тийкарғы мақсет интернетте қарақалпақ тилиндеги мағлыўматларды көбейтиў. Өз ана тилимизди Интернет тармағында да раўажландырыў.

Бизиң республикамызда бул тармаққа үлкен әҳмийет қаратылмақта. Мәмлекетлик программалар ислеп шығылған. Мектеплер, колледжлер ҳәм жоқары оқыў орынлары бүгинги күнге келип толық компьютерлестирилип болды. Олардың көпшилиги интернет тармағына жалғанған. Бизиң республикамызда, рәсмий мағлыўматлар бойынша айтатуғын болсақ, ҳәзирдиң өзинде 2,5 миллионнан аслам интернет тармағынан пайдаланыўшылар бар.

Бирақ ҳәзирше жасларымыз блоглар ашыўға онша қызықпай атыр. Дурыс, олардың айырымлары қай жердендур есаптан өтип өзиниң жеке мағлыўматларын қалдырып атыр. Лекин күнделик жазыў, анаў яки мынаў мәселеде мүнәсибет билдириў дәрежесине жетисе қойған жоқ. Айырым, өзлериниң веб-блоглерине ийе жасларды бармақ пенен санап шығыўға болады. Мен оларды шын жүректен қутлықлайман ҳәм өзимниң оларды толық қоллап қуўатлайтуғынымды айтпақшыман.

Соңғы ўакытлары айырым жергиликли баспасөзлерде компьютер ҳәм интернеттиң зыяны, олардың жаслардың санасына тәсири туўралы ҳәр қыйлы мағлыўматлар тарқатылмақта. Бундай былшылды гәплерге онша қулақ аса бермеў керек. Егер, ырасын айтатуғын болсақ, сол мақалаларды жазып отырғанлардың өзлери интернетке бир мәртебе де кирип көрмегенин билемен. Олардың қулағына қайсы бир узақты көре алмайтуғын ҳәмелдар бир нәрсе деп сыбырласа болғаны… маған тап усылай деди-аў, деп исти қайыллатады. Бул, бүгинги, бизде енди ғана аяққа турып киятырған интернет тармағын ақсатады ҳәм оның раўажланыўын кешиктиреди. Бир гәп пенен айтқанда, бул енди туўылған баланы жөргегинде қылқындырғандай бир гәп. Оны өлтириў қыйын, әлбетте. Олар бул мақсетине ҳеш қашан ерисе алмайды. Оның үстине бизде бул тармақты раўажландырыў бойынша Президентимиздиң Пәрман ҳәм қарарлары бар. Демек оны саррас турмысқа енгизиўимиз керек.

Келиң, бирге ислесейик. Интернет тармағында қарақалпақ тилиндеги блоглерди көбейтейик. Олар бир күн келип ҳақыйқый ғалаба хабар қуралларына айланады. Бизде ол ушын барлық ҳуқықый тийкарлар дүзилген.

Бизге бүгинги күни блоглер не ушын керек? Биз, биринши гезекте, демократияны үйрениўимиз тийис. Ол ушын ҳәр бир инсан өз ҳуқықларын жақсы билмеги дәркар. Бизге Конститутция қәлеген мағлыўматты топлаў ҳәм тарқатыў ҳуқықын береди. (Әлбетте, мәмлекетлик сыр ҳәм нызамда белгилеп қойылғанларынан басқасы). Демек, не ушын биз өзимиздиң әтрапымызда жүз берип атырған күнделикли ўақыялар туўралы күнделиклеримизде жазбаўымыз керек екен? Қашанға шекем кеўил кеширмелеримизди жүрегимизде сыр сақлаймыз? Бизиң бастан кеширгенлеримиз, көрген билгенимиз, жиберген қәте-кемшиликлеримиз кимгедур сабақ болыўы мүмкин. Және биреўлер оны оқып өзин қызықтырған сораўларға жуўап табар, бәлким…

Қулласы, әне усындай гәплер. Усы күнге шекем мен өзимниң жазғанларымды анаў яки мынаў тармақтағы блоглеримде жәриялап келдим. Бирақ еле олардың айырымларынан басқасын ҳеш кимге билдиргеним жоқ. Олар бар жоғы жеке қызығыўшылықтың жемиси болғаннан кейин оған зәрүрликте болмады. Лекин, ойлап көрсем мен жасларымызға блоглер ашың деп усыныс етип болып, оларға қандай орынларда (сайтларда) усындай мүмкиншиликлер бар екенин айтпасам қалай болғаны деген шешимге келдим.

Күнделик жазыў ушын ЖЖ деп аталыўшы-Живой журнал қолайлы. Онда бизиң http://kkreporter.livejournal.com деп аталыўшы бир блогимиз бар. Кирип көриң. Сизлерде сол жерде өзлериңизге блог ашыўыңыз мүмкин.

Ал, Блог.ру ға кирсеңиз жүдә әпиўайы система. Онда бизиң http://kkreporter.blog.ru деген адресте және бир блогимиз бар. Сонда-ақ WordPress.com ның хызметинен пайдалансаңызда болады. Ол жердеги жағдайлар менен танысыў ушын мына ссылкаға бассаңыз http://kkreporter.wordpress.com ҳәмме нәрсе өз өзинен түсиникли болады. Ең әпиўаысы Blogspotcom берип атырған мүмкиншиликлер. Ол жерде бизиң http://kkreporter.blogspot.com ҳәм http://btileumuratov.blogspot.com деген ссылкаларда (силтемелерде) блогларымыз бар. Кирип көриң, үйрениң ҳәм блоглер жаратып, күнделиклер жазың. Кимде ким түсинбесе, жәрдем керек болса бизиң kkreporter@mail.ru деп аталыўшы электрон почтамызға хат жазыўына болады. Қолдан келгенинше жәрдем бериўге ҳәрекет етемиз. Қудайға шүкир, мениң жәрдемшилерим де көбейип атыр. Керек болса олар менен де байланыстыраман.

Оставить комментарий