Ассалаўма әлейкум, әзиз оқыўшым!

Узбекистан
Биргеликте және бир жылды арқада қалдырдық. Бул күнлерге жеткенлер де бар, жетпегенлер де бар…

Жазыў столыма отырар екенмен өз-өзиме «өткен жылы нелер исленди, алдыннан жобаластырылған қандай жумысларды ислеўге үлгермедим?» деген сораўлар қоя басладым. Егер ашығын айтатуғын болсам, ҳеш нәрсеге үлгермеген екенмен. Гәптиң анығы, жобаластырылған жумыслар көп еди. Әсиресе, журналист сыпатында бираз нәрселерди ислеўди нийетлеп жүрген едим. Әттең, ҳәммесине үлгермедим.

Ўақыт бир жерде турмайды. Ол айлана береди, айлана береди. Кимдур оннан дурыс пайдалана биледи, кимлердур улыўма оның қәдирине жетпейди. Кимлердур оннан бир нәрсе алып қала алады, кимлердур оның парқына да бармай өтип кетеди. Бул жағдай кимдидур тәшўишлендирсе, және биреў ўақытының өтип кеткенине мәс…

Ең баслы жетискенликлеримниң бири усы — персонал сайтымды жаратыўым болды. Ол арқалы сизлер менен досластым. Өзлериңиздей әжайып инсанлар менен ( мейли, вертуал дүньяда болсада) дийдарластырып, кеўил жақын еткени ушын да өтип баратырған жылдан миннетдарман. Ҳәр қашан клавиатуралардағы ҳәриплерди тере баслағанымда көз алдымда сизлер турасыз. Жасырмай ашық айта аламан, сизлер мен ушын әлле қашан ең қәдирдан адамларға айланып үлгердиңиз. Сизлер мени дурыс түсинесиз деп үмит етип қаламан.

Бурынларыда тәкирар-тәкирар айтқанымдай бул мениң — персонал веб-сайтым. Мен бул жерде өзимниң кеўил кеширмелеримди, пикирлерим менен өзим дөреткен ҳәр қыйлы шығармалардың проектлерин жазып қояман. Оны тек өзим ашып оқыйтуғын архив сыпатында да пайдаланыўым мүмкин. Сондай-ақ, оны басқалардың оқып барыўы ушын рухсат етип қойыўымада болады. Мен екинши вариантты таңладым. Алжаспаған екенмен. Жоқарыда айтқанымдай, вертуал дүнья маған өзлериңиздей әжайып досларды берди.

Қуда қәлесе, мениң ойымша, көп өтпей интернетте сизлердиң көпшилигиңиздиң персонал сайтларыңыз, блогларыңыз пайда бола баслайды. Буған мен өзиме исенгендей исенемен. Себеби биз еркин жәмийетте жасап атырмыз. Басқа ойларды бастан шығарып таслаң. Өз үстиңде ислеў, излениў керек. Көбирек оқыў ҳәм оқығанларыңа дурыс баҳа бере билиў оннан да зәрүр. Оқыған нәрсеңниң бәрин ҳақыйқат, я болмаса оны орынлы пикир деп қабыл ете бериўге болмайды. Болмаса гәп «алпысқа шыққан мен билемен бе, аўызынан сарысы кетпеген сен билесең бе»ге барып тақалары анық.

Кейинги жыллары ҳәр қыйлы отырыспалардан қашып, көбирек ўақтымды компьютерим алдында өткергенимди жасырмайман. Буның себебин түсиндирип бериўим аңсат емес. Ол ушын гәпти узақтан баслаўыма туўра келеди.

… Бала гезлеримде аўылдың ғаррыларына көп мәрте отжаққышлық еткенмен. Олардың жүдә бир бийҳазар, мазмунлы дегишпелеринен кейинги әнгимелерин елеге шекем ядымнан шығарғаным жоқ. Әпиўайы аўыл ғаррыларының қаты қулақлығы, өзлерин услап тутыў мәденияты, мәнили ҳәм мазмунлы пикирлеўлери мени елеге шекем таң қалдырып киятыр. Сол отырыспаларда оғада көп аңыз әңгимелер, ушырма гәплер еситер едик. Кәраматлы китаплардағы үгит-нәсиятлардан тартып, шешенлердиң айтысларына шекем сөз болатуғын еди…

Бүгинги базы бир яшуллысымақлардан үйренгеннен көре жийренген абзалырақтай. Олардың арамызда жаслар отыр-аў, ҳаял-қызлар отыр-аў деместен айтқан анекдотларын еситип уялып кетесең. Сөзге шешенликти анекдот айтыў, адамларды аўзына қаратыў, күлдириў (көбирек бул масқарапазлыққа уқсайды) деп қабыл еткен базы бир жасы үлкенлеримиз, айырым ўақытлары өзлериниң қай жерде отырғанын да умытып кетеберетуғындай туйылады маған.

«Ағаш питкен сайын төменшик» дейди бизиң дана халқымыз. Адамның ақыл тоқтатып, билим шеңбериниң кеңейип баратырғанын оның өзин услап тутыўынан да, әтирапындағыларға мәдениятлы қарым-қатнасынан да аңғарыў мүмкин. Солай екен, не ушын биз желдей ушып баратырған мынаў қысқа өмиримиз даўамында усы ҳақыйқатты естен шығарып қойып атырмыз?!

Жақында хызмет сапары менен алыс аўыллардың биринде болғанымда бир жас қаниге мениң жақын бир достымды таныйтуғынлығын айтып қалды. «Жүдә бир қыямет жигит екен, қудасының үйинде отырысып қалдық…» деди ол йошып.

-Әсиресе анекдотты қатырады екен. Соннан есимде қалғанынан бир екеўин айтып берейин… Тақыятас қаласында болған ўақыя қусайды, бир жигит бир ханалы үйде турады екен. Балалары ержеткен. Бир күни түнде…

Дәслеп достым жөнинде жыллы гәплер айтып мақтаған, кейин оны қудасының үйинде сондай анекдотлар айтатуғын пәмсиз етип көрсеткен жигитке недеримди де билмей қалдым. Көпшилик жыйналған жерде өзин услап тутыўды билмеген достымды айыплайын ба, я болмаса сол «достымдай» адамлар менен табақлас болып, оннан үйренген «пәмсизлигин» тәкирарлаўға мүмкиншилик беретуғын орталыққа кирип қалған өзимди айыплайын ба?!

Және бир отырыспада бир жасы уллы мазалы гәп берип отырды. «Бир аўылдың тусынан данышпан өтип баратырса лазым болып атырған екен. Ол жәрдемшилеринен өли өликпекен, тири өликпекен деп сорапты…»

Жасы үлкенди уйып тыңлап отырмыз. Бир ўақытлары, күтилмегенде, жасы биразға барған жигит ағасы гәпке қосылып кетти. «Бир ғаррының қулағы еситпейди екен. Бирақ жүдә тәндәр болса керек, кемпири көтерип қоя берипти. Ғарры врачқа жолығып, рецепт жаздырып алып, аптекке келсе адам көп екен. Ол қарағым … деп бақырыпты…»

Жасы уллы ҳеш нәрсе демеди, бирақ тамағын бир қырып жөткиринип қойды да: «Қай жерде ислейсең, бала?» деп сорады.

-Ҳәкимиятта,-деди ол мардыйып…

«Түйени самал ушырса, ешкини аспанда көр» дегенлери усы шығар-дә.

…Ўақтыңызды алып атырғаным ушын кеширим сорайман. Бул гәплерди сизлердиң араңызда бундай келте ойлайтуғынлар жоқ болғаны ушын да жазып отырман. Ондайлар бул жазылғанларды шыдамы жетип ақырына шекем оқып та отырмайды. Неге дегенде, олардың көпшилиги «мен билемен» деген «кеселге» шатылған. Олар ушын басқаларды оқыў, басқалардан үйрениў шәрт емес. Сол ушын Сизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Компьютер алдында бираздан берли жалғыз отырып, мениң әҳмийетли болмаған усы бир кеўил кеширмелеримди оқып отырсыз. Өзиңиздиңде кеўлиңизде айтажақ пикирлериңиз бар екени көринип-ақ тур. Оны жақсы сезип отырман. «Дурыс», дедиңиз бе? Айттым ғой, мен сизди жақсы билемен деп. Сиз тийкарынан әжайып инсансыз. Жаңа жылда да сондай болып қалың. Сизге әўмет яр болсын. Бахыт, дәўлет ҳеш қашан Сизди тәрк етпесин.

Ассалаўма әлейкум!

Оставить комментарий