Ўатаныма хызмет етемен…

«Алтын қәлем» VI Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўында 1-орын алғаным менен  қутлықлағанларға миннетдаршылық ҳәм усы мүнәсибет пенен дегенлерим

oltinqalam_2_05_2009Хабарыңыз бар, «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда биз интернет журналистика номинациясы бойынша 1-орынға ылайық деп табылдық. Оны тапсырыў салтанаты Ташкентте болып өтти. Шөлкемлестириўшилерге қайыл қалдым, ҳәмме нәрсе кеўилдегидей, жоқары дәрежеде уйымластырылған. Сол ушын да, оларға шын жүректен миннетдаршылық билдирмекшимен.
Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы баслығы Шерзод Ғуламовқа айырықша миннетдаршылық билдиргим келип отыр. Ол салтанат өтип атырған бир пайтта, көпшилик арасынан мени излеп таўып алып, қолымды қысып: «Елимизде Президентимиз басшылығында алып барылып атырған реформаларды ҳәммеге ашық-айдын ҳәм қалыс тәризде жеткериўге үлес қосып атырғаныңыз ушын шын жүректен рахмет!» -деди ҳәм мени интернет журналистика тармағында ерискен табысларым менен қутлықлады.
Маған сыйлықты өзим ҳүрмет ететуғын, дүнья интернет журналистлери журналист сыпатында да, сиясатшы сыпатында да тән алған Өзбекстан Республикасы Олий Мажилисиниң нызамшылық ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетиниң баслығы Светлана Артикова тапсырды. Бул мен ушын жүдә қуўанышлы жағдай.
…Мине оннан берли де арадан бир неше күн өтти. Қолға киргизген табысларымызды дос-яранларымыз, кеўил жақынларымыз, кәсиплеслеримиз ҳәм көп санлы тилеклес жерлеслеримиз бенен бөлисип атырмыз. Олардың шын кеўилинен шыққан қутлықлаў сөзлери бизди және де жаңа табыслар таман жетелемекте.
Соның менен бирге, интернетти тән алмайтуғын, анығырағы оның еле не екенлигинен онша хабары жоқ, базы бир «түсиниксизлер»диң сораўлары кеўлимизде өкиниш туйғыларын оятқанын да жасырғым келмей отыр. Олардың айырымларының: «…жазатуғын болсаң газетаңа жазсаң болмай ма, интернет деген не өзи?» деген сөзлерин еситип турып күлеримди де, жыларымды да билмедим. Ең өкинишлиси, олардың айырымлары өзимниң кәсиплеслерим болғанында болып отыр…
Жасыратуғыны жоқ, бүгинги күни республикамызда сөз еркинлиги мәселесинде тартыслы пикирлер көп. Әсиресе, бул мәселеде бизиң жетискенликлеримизди көре алмайтуғын, бәрҳә тырнақ астынан кир излеп, турмысымызда жүз берип атырған ҳәдийселерди бир тәреплеме сәўлелендирип киятырған ғалаба хабар қураллары менен олардың интернет тармағындағы веб-сайтларында жүдә жийе сөз етилмекте.
Олар көбирек көпшиликтиң көз алдында жүз берип атырған  ўақыя ҳәм ҳәдийселерди итибардан шетте қалдырып, оның орнына өзлери қәлеген ҳәм өзлериниң мақсетлерине туўры келетуғын «мағлыўматларды» тарқатыўды мақул көреди. Базы бир веб-сайтлар өзлериниң «буйыртпашыларының» кеўлинен шығыў ушын кишкене нәрсени бөрттирип көрсетип, оны биз таңлаған жолдың қәте екенлигине әкелип тықсырмақшы болып атырғанында аңлаў онша қыйын емес. Әлбетте, биз «ийт үреди, кәрўан көшеди» деп барлығына қолымызды бир силтеп жүре бериўимиз де мүмкин. Лекин халықта «ура берсең Қудайда өледи» деген бир гәп бар екенлигинде умытпағанымыз мақул.
Олар, мениң ойымша, жоқарыда биз сөз еткен, сол, «түсиниксизлер»диң бийтәреплиги ҳәм бийпәрўалығынан көбирек пайдаланып атырғанға уқсайды. Мениң жеке өзим бизиң республикамызда сөз еркинлиги шекленген деген гәпке исенбеймен. Буны мен интернет тармағындағы еки жыллық ҳәрекетлерим менен де, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында жәрияланып киятырған мақалаларым менен де дәлиллеп көрсете аламан. Мениң сол мийнетлериме (интернет журналистика тармағындағы) «Алтын қәлем» Миллий сыйлығының берилиўиниң өзи де буған бир мысал бола алмайды деп ким айта алады?!..
Дурыс, бизиң кәсиплеслеримиз арасында ҳәдден тыс «мақтаў» ҳәм «мақтаныў»ды өзлерине «үрдис» етип алғанлары басым екенлигин де тән алыўымыз керек. Олар  өзлери көтерип шықпақшы болған мәселени бир тәреплеме сәўлелендирип, сол жердеги орын алып атырған машқалаларды итибардан шетте калдырмақта. Жасыратуғыны жоқ, буған олардың айырымлары «саналы», айырымлары кәсиплик шеберлигиниң төменлиги себепли жол қоймақта. Лекин, барды бардай етип көрсетип, халқымыздың қолға киргизген табысларын улығлап тарийхый ҳәм  шын мәнисиндеги көркем публицистика үлгилерин дөретип атырған кәсиплеслеримиздиң мийнетлерин ҳеш ким бийкар ете алмайды.
Жумыс бар жерде кемшилик болары анық. Бизде машқалалы мәселелер жоқ деп айтпақшы емеспен. Бар. Лекин оларға баҳа бериўде бир тәреплемеликке жол қойыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ. Олардың себеп ҳәм ақыбетлерин терең үйренип шығыў зәрүр. Айтайық, қайсы бир орындағы жергиликли басшының (ҳәмелдардың) қәтесин бизиң таңлаған жолымыздың қәтелиги менен байланыстырыў сиясий мәденияттың төменлигин аңлатады.
Қайсы бир кәрханаға басшы тайынланды. Ол бурын өзин искер, шебер шөлкемлестириўши сыпатында көрсеткен қәниге еди. Бирақ арадан көп өтпей ол қәтеге жол қоя баслады дейик. Қам сүт емген бенде емес пе, ақыры? Ол мәмлекеттиң мүлкин талан-тараж етип, басқалардың мүлкине де көз тигип,  қулқынына ерк берип, нызам талапларын аяқ асты етти. Бул ушын жуўап бериўи керек пе? Керек!
Әлбетте, ўақты келгенде сол нызам талапларын бузған қаниге ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен қолға алынады. Бирақ сол ҳуқық корғаў уйымлары ўәкиллериниң алып барған әмелий жумыслары жөнинде оператив тәризде мағлыўмат тарқатыўда шәлкем шалыслықлар бар екенин де тән алыўымыз керек. Буған тийкарынан базы бир кәсиплеслеримиздиң нызам талапларын жақсы билмегенлиги себепши болып атырған болса, базы бир жағдайларда айырымларымыздың кәсиплик шеберлигимиздиң төменлиги де оған жарнақ болмақта. Мәселеге «аш қарным, тыныш қулағым» тақылетте қатнас жасаўдың ақыбетинен де бундай жағдайларға жол қойылыўы мүмкинлигин итибардан шетке қашырмағанымыз абзал.
Нәтийжеде, сол биз жоқарыда сөз еткен веб-сайтлар «Өзбекстанда қама-қамалар басланды», «…журналистлер буны итибардан шетте қалдырды», «…оларға жазыўды қадаған етип қойыпты», «айырым атын айтқысы келмеген дереклерден алған мағлыўматларға қарағанда» анандай болыпты, мынандай болыпты деп дүньяға жар салыўына тийкар жаратылады.
Бизиң республикамызда нызам үстинлиги тәмийинленген. Гүмандар шахсты қамаққа алыў ушын суд тәрепинен санкция бериледи. Айыпланыўшының гүман етилген мәселеде айыплы, айыпсызлығына суд баҳа береди. Мениң ойымша, ҳуқық қорғаў уйымларының алып барған әмелий жумыслары жөнинде хабар тарқатыў ҳеш қандай нызамға қайшы келмейди. Тек оған нызам талапларын сақлаған ҳалда қатнас жасаў ғана талап етиледи…
Көрип отырғаныңыздай, биз алдағы ўақытлары усы принциплерден келип шығып ҳәрекет етпекшимиз. Исленетуғын жумыслар көп. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2010 жылдың 12-ноябри күни болып өткен Олий мажилис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде жасаған баянатында алдымызға қойылған ўазыйпалардан келип шығып ҳәрекет етиў ушын және де иске жуўапкершилик пенен қатнас жасаўымызға туўра келеди.
Бир гәп пенен айтқанда, мен өзим таңлаған жолдан барып, елимизде алып барылып атырған реформалардың ашық-айдынлығын сәўлелендириўге үлес қосыў арқалы Ўатаныма хызмет етемен.

Оставить комментарий